Дөретиўшилик шығармалар
March 26, 2024

ЖАЗЫЛМАҒАН НЫЗАМЛАР (юморлық гүрриң)  

Ҳәзир ҳәмме нәрсе нызамластырылған. Не қылсаң нызамға туўры келеди, не ислесең нызамға қайшы болады бәри айтылған. Үйде жатып адамға тийисли нызамлардың том-томы менен оқып шықтым. Жумыстан «сокращение» болғаннан кейин басқа не талап қыламан?!

Садағаң кетейин, бизлер көп нәрселерди билмейди екенбиз-ғо. Элементарно, мына өзимиздиң күнделикли ҳуқықларымызды билмеймиз. Усы нызам менен жүрсең бар-ғо я, ҳеш ким сениң пышығыңа «пыш» демейди. Ҳәр бир заңның соңында «нызам талапларын бузған жуўапкершиликке тартылады» деп бажырайтып жазып қойыпты. Жасым қырыққа келди. Усы жасыма шекем неше-неше нызам бузыўшылыққа дус келген екенмен. Нешше бир нызамсызлықтың қурбаны болыппыз. Билмегенмен-ғо. Оқымағанбыз да. Қалған өмиримди нызам китапларда көрсеткендей жасайман деген жуўмаққа келдим.

Бизди жумыстан қысқартқаны да нызамға туўры келмейди екен. Бир жағынан қуўандым, бир жағынан баслыққа ашыўым келди. Нызам китапларды алып барып, маңлайына урып отырып түсиндирип, ҳуқықымды тиклейин деп пәтке минип, жумысқа қоңырыў қылсам, ҳәкисине, баслық мийнет дем алысында екен. Нызам бойынша ҳәр бир адам, баслық болса да мийнет дем алысын алыўға ҳақысы бар. Отпускиге кесент бериў нызамға қайшы келеди. Нызамлы жол тутайын дедим.

Жатып заң китап болса оқый бердим, оқый бердим. Сонда ашыў менен баслыққа бармағаным жақсы болыпты. Бир китапларда қысқартқаны дурыстай. Китаплар да екиге бөлинди. Бир тәрепи баслықты жақлайды, бир тәрепи мени. Басым айланып кетти. Басым аўырғанда насыбай ататуғын едим. Ол да таўысылып қалыпты.

Базардан насыбай алып келиў ушын көшеге шығып, автобус туратуғын бәндиргиге асықтым. Көшемизде еки жай арырақтағы Сағынбай деген ғарры үйиниң алдында турып алып маған «Ҳә, әкеңниң ... Жумеке тай-тай, неге сәлем бермейсең» дейди сөгинип. Бириншиден, ҳеш бир нызам китапта «көшеңниң адамына сәлем бериўиң шәрт» деп жазылмаған. Екиншиден, мениң нызамлы атым Жумабай. Тай-тай дегени жоқ. Үшиншиден, оның мени сөгиўге ҳеш қандай нызамлы ҳақысы жоқ.. Қайта жаман сөзлер менен адамның намысына тийгени ушын жуўапкершиликке тартылады. Дайылы-жийен болғаны менен ҳеш бир заң китапта жазылмаған, сөгиссе болады деп. Ол буны билмейди, оқымаған. Ҳәсс турып, ҳәзир-ақ судлатып жиберсем бе екен деген ойға бардым. Бирақ, насыбайдан қалып қояман да. Үндемей кете бердим.

«Астаўпыралла» деймен жүрип баратырып, көшемнен шықпай атырып нызам бузыўшылыққа дус келдим. Бул басламасы екен. Бәндиргиден автобусқа минейин дегеннен басланды: «Жас жигитсең, биринши апайларға жол берсең-о» дейди меннен жасы сәл-ақ үлкен киси. Автобусқа минип отырсам, «балалы келиншекке орын берсеңиз болмай ма, тепсе темир үзетуғын жигитсең» деп бақырады және бир кемпир. Айыплы адамдай турып орын бердим. Жары жолда автобус бирден өшип қалып, адамлар ийтерип ходлайжақ болды. Бир киси: «Ҳәй, өзи еркексең бе, түс машынды ийтерис» дейди бежирейип.

Нәшем тутып турғанда тегинликте адам менен урыспайман, урыссам бар ғо я, со жаман урысаман дә! Адамлардың айтқанларын еситип гижинип, лекин, үндемей келе бердим. Жас үлкенге жол, балалыға орын бермегенге, бузылып қалған автобусты ийтериспегениме айыплы болдым да қалдым. Усылар қайсы нызамда жазылған?! Мениң ҳәрекетлеримди нызамға салсаң туппа-туўры. Олар түсинбейди. Шетинен гөрсаўат.

Базарда автобустан түсер-түспестен аўылдан келген апамызды ушыраттым. «Үйлерге барып турмайсаң» деп өкпелейди. Қалаға келгени жақын жийенимиздиң жай тойына киятырғаны екен. Маған да сол тойға барыўың шәрт дейди. «Неге тийкарланып барыўым керек» десем, «мийиң шайылыпты» дейди маған ашыўланып.

Бир мезгилдиң өзинде бир неше нызамсызлықларды көрип, шаршап үйге келсем, ҳаялым «Жийен баланың жай тойына айтты, көбирек жаздырыўымыз керек, мен жақсы таўар апармасам болмайды, шарқыраўығына да бара алмаған едим. Жийен пайы тағы бар. Апармасақ болмайды» дейди тап бир нызам талабындай етип сөйлеп.

Ашыўым келип, бурын үлкен бир мәкемеде юрист болған қоңсымызға адамлардың буншелли саўатсызлығын, нызамларды билмейтуғынларын айтып күйинип жарылдым, күни мененги ўақыяларды айтып мысал қылдым.

- Билсең иним, жазылмаған нызамлардың соты менен жазасы ямана күшли болады. Жазылған нызамларды бузсаң жынаят, жазылмағанларын бузсаң уят, ал уят болса бизде өлимнен күшли. Бәрҳа еки нызамды да бузбай жасаў қыйын, биреўин азырақ-азырақ бузып жасайсаң, - деди мәсләҳәтин берип.

Соннан кейин мийиме үлкен сабақ қуйылғандай болды. Жазылмаған нызамларды анаў-мынаў адам бузыўға жүрексинбейди екен, маған жол болсын! Уятлы болмаў ушын жазылған нызамды буздық, жийенниң жай тойына бирге барыў ушын үлкен баламды военкоматтың шақырыўынан алып қалдық. Жазылмаған нызамлар үстин шығып, жийен пайы болған бир қойды балаға жетелетип ҳәм басқа да дәстүрлер, қәделер менен тойға атландық.