ШАПКИНИҢ «ШАПКИСИ» (сатиралық гүрриң)
Ис баслаўшы жас исбилермен қапыны әсте қақты да жүзин күлимсиретип ишке кирди. Креслосында шалқайып отырған семиз кисиниң дәслебинде сусты басты.
- Ассалаўма әлейким, аға. Мен мына, қәдимги, - деп албырақлап барып өзин услады жас жигит,- костюм-шалбар тигетуғын цех ашпақшы едим. Соған сизиң руқсатыңыз, қолыңыз керек екен, аға?
- Костюм-шалбар дейсең, - деди ийегиниң астында галустугиниң түйини жудырықтай болған семиз киси. – Мақул. Жақсы ис баслап атырған екенсең, ал енди оның «шапкиси» бар ма?
Бул сораўды ҳәзиллесип берип атыр деп ойлаған жас жигит:
- Костюм-шалбардың шапкиси бола ма, аға. Оны қалпақ пенен кийген жарасады, - деди сәл ыржыйып.
- Мен не менен кийсең жарасады деп атырғаным жоқ. Түсинген болсаң, «шапкиси» бар ма деп атырман.
Семиз кисиниң жүзи күлип турған жоқ еди. Оғада салдамлы сөйледи.
- Яқ, оны ойламаған екенмен, - деп жас жигит албырақлады.
- Онда кете бер. Ойлаў керек. Ойланбай ис басламаў керек. Саған руқсат жоқ.
Жигит не қыларын билмей үндеместен артына бурылды. Есиктен шығып баратырып «дийди төмен бе деймен, кастюм шалбар менен шапки жараса ма?» деп гүңкилденди. Есиктиң алдында нәўбетте турған кейинги адам кирди:
- Ассалаўма-әлейким, яшуллы? Мен териден куртка тигиў фабрикасын шөлкемлестирмекшимен. Соған қағазларға қол қойып берсеңиз?
Жай парахат сөйлеген, өзинен сәл жаслаў адамға семиз киси бираз қадалып қарады да:
- Куртка дейсең?! Курткаңның «шапкиси» бар ма?, - деди.
- Яқ, шапкиси жоқ. Куртка мына сизикиндей «чистый норкалы малақай» менен жарасады ғой, яшуллы. Усы малақайыӊызға түсетуғын бир куртка бизден болады, қуда қәлесе, - деди ол ашылысып сөйлеўге ҳәрекет етти.
- Сен де түсинбепсең. Куртка емес, маған «шапки» керек. Кете бер, исиң питпейди, - деп семиз киси ашыўланды.
«Норкалы малақайы бола турып шапкиге жарымағаны неси?» деп ойлаўы менен ол да шығып кетти. Кейингиси кирди:
- Ассалаўма әлейким ақсақал! Банки, шийше ислеп шығаратуғын киши цех ашпақшы едим. Соған…
- «Шапкиси» бар ма,- деп дәрҳал сораў берди семиз киси оның гәпиниң изин айтқызбай.
- Қақпағы демекшимисиз? Қәдимги банки менен шийшениң?
- Кете бер. Түсингениңде келерсең.
Семиз кисиниң әбден ашыўы шықты. Қапыны әсте қағып кейингиси келди:
- Ассалаўма әлейким, жасы үлкен. Жумысларыңызда табыслар болсын аға. Үй-ишлер аман ба? Женгемниң денсаўлығы қалай? Сиз қоллап-қуўатласаңыз аға, мына гүзли-бәҳәр кийетуғын шүберек шапки бар ғой, сондай шапки тигетуғын кишигирим цех ашпақшы едим. Бәри таяр, тек сиз жәрдем етсеңиз болғаны.
- «Шапкиси» бар ма, - деди семиз киси ашыў аралас даўыс пенен.
- Бар аға. Мынаў дәслепки сатылатуғын 1000 дана шапки пулының сизге тийисли бөлеги, - деди қағазға ораўлы нәрсени столына ысырып. – Кейингилерин тигип шығарғанымызға қарай берип турамыз, аға.
Семиз кисиниң жүзинде мыйық пайда болды:
- Түсимпаз адамлар да бар екен ғой. Алдыңғылардың ақшасы бар да ақылы жоқ қыйлы ма, «шапки» дегенди түсинбейди. Түсинген адамға шапкиниң де «шапкиси» болады. Мине, иним, жумысың питти. Исиңе раўаж.