Дөретиўшилик шығармалар
March 22

БОЛЫМСЫЗ ГӘП

Жоқары оқыў орнында контракт группалардың бирине еки жылдан берли куратор болып киятырған жас оқытыўшы усы күнге шекем бир мәрте де ата-аналар жыйналысын өткермепти. Лекин, жоба бойынша жыйналыс өтиўи керек. Деканаттан бақырыс еситти. Ертеңине студентлерге айтып ата-аналарды жыйнады.

Жыйналыста жас куратор өзин таныстырып, оқыў ҳаққында, ата-аналардың балаларының тәртибина, оқыўына итибарлы болыўын айтып атырған пайытта жыйналғанлардың арасынан 3-4 еўи сөйлеп баслады.

- Гәптиң тоқетерин айтың, ақша жыйнамақшымысыз?

- Сизлердиң усы жыйнаўыңыз қашан питеди өзи?

- Контракт пулын толық төлемесе оқыўдан қуўатуғыныңыз рас па? Алдың төлегенимиз қуры кете ме?

Ҳәр ким ҳәр жақтан түрли нәрсе айтып шаўқымласа баслады. Жас оқытыўшы албырақап қалды.

- Аз маз тынышланып турасыз ба?! Мен мына муғаллимнен бир нәрсе сорап алайын?,- деди ири денели орта жастан өткен киси орнынан турып, жыйналғанларға бир бурылып сөйлеп оқытыўшыға қарады. – Сизлер, балаларымызға не үйретип атырсыз? Кураторы екенсең, усы сораўыма жуўап бер.

Ол тигилип жуўап күтип турар еди. Жас оқытыўшы албырықлағанынан түйирли гәп айта алмай атыр.

- Мәселен айт? Ири денели киси нықыртыңқырап сорады. Зал оқытыўшының жуўабын күтип силтидей тынды. Бирден бундай сораўды күтпегенликтен муғаллим албырақлап группасының журналын ашты.

- Мәселен, - деди даўысын қаттылаў шығарыўға урынып, - қарақалпақ тили пәни өтиледи.

Ири денели киси әбден езип сорай баслады:

- Онда не үйретиледи?

- Онда, онда … - деп оқытыўшы билдирместен журналдағы кейинги сәнениң тусындағы өтилген тема жазылатуғын жерге көз таслап алды, - онда, болымсыз гәп ҳәм оның дүзилиўи деген темаларда сабақлар өтиледи.

Жас оқытыўшы тосаттан болған сораўға еплеп жуўап қайтарғанына қуўанды.

- Не?!

Ири денели кисиниң даўысы әбден қатты шықты.

- Сен үйретесең бе усы сабақты!

Оның даўысынан қорқып кетген муғаллим:

- Яқ, аға. Мениң қәнигелигим басқа. Оны басқа муғаллим оқытады.

- Шақыр, сол муғалимиңди!!!

Жас оқытыўшы ҳөктем даўыстан әбден албырап, залдан асығыслы шығыўы менен қарақалпақ тили пәнинен сабақ беретуғын оқытыўшыға келди. Ол орта жаслардағы киси еди.

- Ал, аға жәрдем бермесеңиз болмады, - деп жас оқытыўшы күни мененги ўақыяны айтып берди.

- Қарақалпақ тили мениң қәнигелигим, сен түсиндире алмаған шығарсаң, өзим жақсылап түсиндиремен. Болады барайын, - деп ол арқайын жүрип залға келди. Келсе ата-аналардың көбиси қайтып кетипти. Еки-үш еркек пенен төрт-бес ҳаял бар. Бағанағы ири денели киси еле ашыўлы отырыпты.

- Сиз бе балаларымызды тилден оқытатуғын, - деди ол есиктен муғаллимниң басы көриниўден.

- Аўа

- Айлығыңызды ўақтында алып турсыз ба?

- Аўа

- Сеңиң ҳәм усы группаны оқытатуғын көп муғаллимлердиң айлығы бизлердей ата-аналардың төлеп отырған контракт пулдың есабынан берилетуғынлығын да билесиз бе?

Оқытыўшы бул сораўға да жай парахат «аўа» деп жуўап берди.

- Онда неге сен балаларымызға болымсыз гәплерди үйретип жүрсең? Бизлер төрт жыл контракт пулды сениң болымсыз гәплерди үйретиўиң ушын төлеймиз бе?

- Сиз түсинбегенсиз. Тилимизде гәплердиң түрлери көп. Дүзилген план бойынша үйретип барамыз.

Оқытыўшы жай парахат сөйлеўин даўам етти.

- Билемен сизлердиң планыңызды. Балаларды мәңгир қылыў. Төрт жыл оқыған балаларымыз ертең питкерип, елдиң үстинде жүретуғын болады деп жүрсек. – Ири денели киси мушын түйип тикейип кетип сөйледи. - Өзим усы жасыма шекем болымсыз гәп сөйлеген адам емеспен. Сизлер оннанша балаларға болымлы гәплерди үйретиң.

- Болымлы гәпти де үйретемиз. Сораў гәп, буўрық гәп, хабар гәп, - бәрин-бәрин режемиз бойынша үйретемиз. Түсиниң ақсақал, тилдиң бөлимине қарай сабақлар өтиледи.

Енди оқытыўшы күйинип сөйлеп баслады. Ири денели киси де сәл жуўасып:

- Сораў гәпин болады. Буўрық гәпиң де болады. Оларды үйретиң. Ертеңги күни сораўы мүмкин, буўырыўы мүмкин. Лекин, хабар гәпиңди қой. Хабар гәп тасыў ушын оқытып атырғанымыз жоқ балаларымызды.

- Аға, тилимизде сондай гәплер бар. Оқығаннан кейин соларды да үйрениўи керек. Тилдиң өз қағыйдалары бар.

Ири денели киси қайтадан қызып кетип сөйледи:

- Сен үйрететуғын тилде мен де сөйлеймен. Айттым ғо бағана, мен болымсыз гәп сөйлемеймен. Ондайды ерки бос, бир истиң басын услай алмағанлар, жалатайлар, алдамшылар сөйлейди. Оннанша балаларға нақма-нақ гәплерди үйретиң.

- Ондай гәп жоқ тилимизде, аға. Өзим қәнигемен.

- Неге жоқ екен. Сизлер өзлериңиз тилди жақсылап үйренбегенсиз. Ҳәзир небир адамлар бар, нақма-нақ сөйлейди. Оларды гәплерин еситпеген екенсең.

- Ақсақал, 30 жылдан берли тил илими атлы теңизде жүзип жүриппен. Усыннан кандидатлық жақладым.

Оқытыўшы еле сөйлей бережақ еди, жаңағы киси оның гәпин бөлип таслады:

- Ўай – бу, иним. Жақладым, жақладым деп мақтанасаң. Тап усы темада жақладың ба?

Тосаттан берилген сораўға бул оқытыўшы да албыраңқырап жуўап берди:

- Яқ, езиўлик ҳәм еринлик сеслердиң айырмашылығы деген темада.

- Я-я?! – Ири денели киси мысқыллы күлди. - Тилди еринлик, езиўлик деп бөлип ол бир насбай шығар, саған. Тил теңизинде 30 жылдан бери жүзип жүриппен деп мақтанасаң. Мына гәпиң жүзип жүрген емес, суў көрмеген адамның гәпи ғой. Сөйтип жүрип нақма-нақ гәп жоқ дейсең.

- Халық арасында «нақма-нақ сөйлесиў» деген сөз дизбеги бар. Тил илимине олар өз алдына гәп болып кирмейди, ақсақал. Мен қәнигемен. Буларды билемен. Мен қәни…

Оқытыўшының гәпи және бөлинди:

- Ҳеш нәрсени де билмейсең, иним. Нақма-нақ сөйлесиў бар екен, ондай гәп те болады. Ҳәзир басшыңа барып булардың бәрин айтаман. Болымсыз гәплерди балаларға үйретиўиңизди тоқтатаман. Өзим болымсыз гәп сөйлемегенмен, мениң балаларым да болымсыз гәп сөйлемейди.

Ири денели киси ашыўлы тәризде мәжилислер залының қапысын тартып урып шығып кетти.

С.АЖИМОВ

2009-жыл, ноябрь