И З Л Е Ў (сатиралық гүрриң)
Ассалаўма-әлейкум, «Меҳр кўзда»* көрсетиўи. Қаншадан-қаншалардың жақынларын таўып берип, саўап ислеп, алғыс алмақтасыз. Сизлерге мың рахмет. Жигербентимди излеп «Жди меня»*ға жазсам ба екен деп ойладым да кейин, ҳәрқалай ол елден шығып кетпеген шығар деп сизлерге жазыўға қарар еттим. Баўырымды излеп бир неше жылдан берли сарсаң болып киятырман. Излемеген жерим қалмады. Көп ўақытлардан берли көринбей кеткенликтен адамлар оны умытайын деген. Биреўлер оны өлдиге шығарып жүрегимди езеди. Базылар анда-санда оған усағанды көргенин, шырамытқанын айтады. Лекин, олардың айтып атырғаны мениң излеген баўырым емес. Ол жойтылғалы берли аўҳалым жаманласты. Абырайым да түсип кетти. Мениң қаным-жаным сол жигербентим екенлигин бүгинлиги түсинип атырман. Мениң жағдайымды түсинип, баламды таўып берерсиз деген үмит пенен ақыры сизлерге хат жолладым. Оның сүўрети де жоқ еди. Бирақ, арадан бир неше жыллар өтсе де минези менен түр-түсин еле умытқаным жоқ, оның минези менен келбети өзгермейди. Мен буны билемен.
Ол ҳадаллықты сүйеди, ҳарамлықты, алдаўшылықты жаман көреди. Ҳақыйқатшыл ҳәм туўры сөзли. Ҳақыйқатлық жолында жанын жағып кететуғын қайтпас қайсар. Оның усы әдетинен мен көп дәкки жегенмен. Лекин, мениң оған ҳеш өкпем жоқ. Қайта, усы балам мениң абырайымды өсирип, мени адамларға жақын қылып турған екен.
Ҳүрметли «Меҳр кўзда» көрсетиўи, сизлерден өтинишим, эфир арқалы мына сөзлеримди оған жеткизсеңиз: «Балам, Фельетон! Қай жерде болсаң да тезирек қайт. Мен сени қатты сағындым, жигербентим,- деп анаң Газета»
Усы сөзлеримнен кейин бәлки оның кеўли жибип қайтар, бәлки қайтпас. Ең баслысы сизлер оны таўсаңызлар, тири екенлигин билсеңизлер болды. Соның өзине кеўлим тоқ болады. Жумысларыңызда табыслар тилеймен.
«Меҳр кўзда»* Өзбекстанда, «Жди меня»* Россияда – адамлардың
жойтылып кеткен жақынларын излеп таўып беретуғын телекөрсетиў