«ГРУППA»FA ШЫҒАРЫЎШЫ (юморлық гүрриң)
Тынышыма журе берсем болады екен. Адамлардың айтқанына ерип, саў басыма саўда салайын деп қалдым. "Өзи қылған өкинбес" деген, буған өзим айыплыман.
Кейинги ўақытларда өзим ислеп атырған жердеги жумыстың мазасы қашқандай түйиле берди. Басқа жумыс көрейин деп, бир-еки жерге хабарласып едим, ол жерлерде де мениң кеўлимнен шыққандай жумыс жок. Маған онша жан қыйнай бермейтуғын, бирақ, айлығы көп жер керек. Не қылсам екен?! Қәйткенде де бала-шаға бағыў керек. Басым қатты. Усындай да биреўлердиң берген ақылы басыма келеди.
- Денсаўлығың бойынша группаға шығып ал. Сөйт те базарға майда-шүйдеге саўдаға шық. Базарда саўда болмай қалып, пайда түспеген ўақытларыңда группаңның ақшасы болады, «ешегиң жорғалап», саўдаң жүрисип кетсе, онысын да, бунысын алып, тез байып кетесең, -деди биреўлер.
Үш күн уйықламай жатып ойландым. Меннен мықлы адамлар группада. Мениң болса ҳәр бир мүшеме диагноз қойыўға болады. Рас-ай, группаға шығып алсам, айлығыма шамалас ақша аламан, оның үстине баслығың болмайды, бақыратуғын. Сол ақшаны еплеп жыйнап, саўдаға шықсам, пайдадағы пулыма айланысты күшейтсем, соң және күшейтсем, 3-4 жылға бармай машинаның зорын алады екенмен. Бул ертектеги Аңқаў мергенниң қыялындай болғаны менен әмелге асырса болатуғындай түйилди. Енди группаға шығыўды жумыслаў керек. Врачлардан ҳеш танысым жоқ. Танысымның таныслары "Алла-жалла ондайға араласпайман" депти. Өзим врачларға әсте барып сөйлессем, «саўлығың келмесе, группаға шығыў қыйын, бизлерде де тексериспек көп», деп кайтарып жибереди. Болмаса, саўғасын, қәрежетин де апараман. Сонда да «яқ» дей береди.
Усындайлардың биреўинен және мурным салбырап, автобуста қайтып киятырғанымда еки жигиттиң сөйлесип турғанын еситип қалдым.
- Сол Нийетбай усы күнге шекем көп адамды группаға шығарды-аў, -деп күлди биреўи.
- Олар бир жағынан Нийетбайға рахмет айтып жүрген шығар, не деген менен группа пулын алады ғой, -дейди екиншиси.
«Қудай берсе, тас төбеден береди» дегендей, мениң себил болып излегеним, аяқтың астынан таўылды. Еки жигитттиң қасына жақынлап, сол группаға шығарыўшы Нийетбайдың мәнзилин сорадым. Қыйылып турып, «дым зәрүр, мен де группаға шығыўым керек» дедим. Екеўи ҳайран қалып қарады да соң узын бойлыдан келгени, күлисиреп турып мәнзилин айтты.
Үйге келдим де, түйип жүрген 3 миллион сум пулымды алып, сол группаға шығарыўшы Нийетбайдың үйине жол алдым. Дем де таўып бардым. Дәрўазасын қағып, ишкериледим. Бир киси шықты.
- Ассалаўма әлейкум. Нийетбай аға керек еди,-дедим қол алысып. Жумысым түсип турғаннан кейин "аға" дей бердим.
- Нийетбай өзиниң жайында. Не еди?, -деди сораўлы нәзерде.
- Сиз ким боласыз, аға, -дедим келген жумысымды оған айтыўды яки айтпаўды билмей.
- Мен сол Нийетбай ағаңның әкесимен. Атым Муратбай, -деди меннен жасы сәл-ақ, үлкен киси.
- Сол Нийетбай инимиз, -деп сөйлеп басладым, - группаға шығарады деп еситип едим. Соған киятырман. Муратбай аға, балаңызға айтып, бир жәрдем берип жиберсеңиз, -дедим. Муратбай бир мысқыллы күлип алды да:
Денсаўлығың жақсымеди, әйтеўир,-деди.
- Денсаўлығым жақсы екен, соның ушын группаға шығалмай жүрмен. Ал, мениң болса группаға шыққым келеди. Бир жобаларым бар еди,-дедим қысқа ғана.
- Ол жүўернимек көп адамды группаға шығарған. Өзиң өз тилегиң менен соранып келген екенсең, мейли, жәрдем берейин, -деди.
Жумысым питетуғын болды, қуўанып кеттим.
- Не қылыўым керек, азғана қәрежетим де бар, аға, -дедим қуры қол келмегенимди билдирип.
Ишимнен арзанлығына қуўанып кетсем де бираз қыйқалап көрейин дедим.
- Болатуғыны сол,-деди Муратбай да кесип айтып.
- Аўа, және бир бет қағазга тил хат жазып бересең.
- Биреўлер группаға шығатуғындай болып қалғаннан кейин наразы болып, даўласып жүреди. Соның алдын алыў ушын.
- Яғаў аға, сол ақшаға питкерип берсеңиз, даўым жоқ. Жазсам жазып берейин.
- Онда жазың. «Аты, фамилияңызды жазың, Ақ алтын көшеси 4-жай турғыны Мәтмурзаев Нийетбайдың...
- Нийетбайдың дейин бе я сизди жазайын ба?
- Яқ, сол баламды жаз, мени араластыр ма.
- Нийетбайдың ис ҳәрекетлерине даўым жоқ. Оның үйине өзим бәрине қайыл болып келдим.»
- Ўәй аға, жаңа түскен келиншектей қылдыңыз-аў.
- Жаза бер, тил хат ала алмай аўзым пискен. Нешинши группаға шығыўың керек еди. Жаздың ба? Сәнени жаз. Қолыңды қой.
- Мине, аға, - айтқанын жазып кағазды бердим. - Екинши группа болады-ғо, қашан питкересиз?
- Ҳәзир. Усы жерде-ақ. Нийетбай, ҳа Нийетбай. Мында кел,-деп бақырды.
- Не еди, аға, -деп басы патолокқа шамаласқан, есиктен киргенде аржағындағы қапы көринбейтуғын, бет әлпети быдым-быдым ири жигит кирип келди.
- Мына ағаңды екинши группага шығарып қой. Тил хатын алып қойыппан.
- Жигит мен тәрепке дүбеп келип, мени мүйешке тақады.
- Бир көзин ояйын ба, я жағын шығарайын ба? -деп жаңагы жигит мушларын шытырлатып әкесине қарады.
- Ҳаў, ҳаў, -деп мен тилим тығылып сөйлей алмай атырман.
- Өзи айтсын, -дейди әкеси де пәрўайы.
- Қой, керек емес, -десем, мени тыңлайтуғын ол жоқ.
- Онда бир бүйрегин истен шығарайын ба, мынадай етип, -дейди бүйириме мушын апарып, әкесине қарап сөйлеп.
- Яқ, бир бүйрек истен шыққан менен екинши группага тартпай қалады, - дейди әкеси.
- Онда, мынадай қылып қысып, -дейди Нийетбай мени қапсыра қушақлап, - баўырын езейин бе?
- Баўырының езилгени аппаратта билинбей қалыўы мүмкин. Ҳәзир врачлар анық көзге көринетуғын кеселге исенеди. Соның ушын палўан сүйегин сындыра ғой. Рентгенге түскенде анық көринеди. Екинши группаға шығыўына гәп жоқ.
- Ҳаў, Муратбай аға, онысыз болмай ма?
- Болмайды, иним. Врачлар жаман болып кеткен ғой ҳәзир. Группаға шығатуғынларды комиссия тексереди деп, анық көзге көринетуғын кеселиң болмаса қабылламайды.
- Яқ, мен, басқа нәрсени айтып атырман, -деймен күйинип.
- Аға, мынаў дым көп сейлейди я. Маған бул жақпай баратыр. Ҳәзир жиним қозыйды, -деп Нийетбайдың маған көзи аларады.
Мен қорыққанымнан "3-группа қалай болар еди" деймен Муратбай ағаға қарап жалынып.
- Ол да болады, аяғыңның дизеден төменин сындырамыз.
- Емленсең жүресең, тек аяғыңды силтеп басатуғын боласаң.
- Аға, мынаў дым кеп сөйлеп кетти ғо. Қәйеринсындырғанда бәри-бир емес пе? Тил хатын алып қойган жоқсыз ба? -дейди Нийетбай ашыўланып.
- Қойып тур, балам,- деди де Муратбай маған қарады. Мени аяды-аў, деп қуўандым. Ол сөзин даўам етти: - Онда, иним оң қолыңды сындырамыз. 3-группаға тартады. Кейин сынықшыға емлетсең, жақсы болып кетеди. Тек қыйсайып питиўи мүмкин.
- Қой, ҳеш нәрсе керек емес. Группа да керек емес, аға. Мен кетемен, - дедим мен де ашыўланып.
- Қаяққа барасаң, - деди Нийетбай жолымды тосып. Маған бир адым атып жақынлағанда денеси алдыма дийўал өрип таслағандай болды. Суғылып қашыўға саңлақ, жоқ. - Ҳәзир бир урып, биротала 1-группаға жиберейин бе со, -дейди гижинип сөйлеп мушын ийегиме тақады.
- Иним, адамды мазақ, қылғың келди ме. Биресе 2-группа, биресе 3-группа керек дейсең. Кейин улыўма ҳеш нәрсе керек емес дейсең. Қолымда жазған тил хатың бар, ләң қылып тасласақ та ҳеш нәрсе қыла алмайсаң. Түсиндиң бе?
Муратбай ағаның бул гәпи еңсеме оңбағандай етип урғаннан бетер болды. Мен жылаўға дейин бардым. Бас ийзеп «түсиндим» деп отырман.
- Группаға шықпаўдың ҳеш илажы жоқ па, Муратбай аға, - дедим бираздан даўысым қалтырап, жалынып басладым.
- Сөйтиңи сол, мына жерге 2 миллион сум пулды қоясаң. Сөйтип группадан қутыласаң, сап-саў үйиңе қайтасаң,- деди Муратбай шорта кесип.
- Болады аға,- деп дәрҳал қалтамнан 2 миллион сумды алдына қойдым. -Берекет табың, аға,-деп жарамсақланып атырман.
- Нийетбай, мына ағаңды дәрўазадан шығарып сал,-деди зилли даўыста.
Нийетбай желкемнен бир қоллап көтерип алып жүргизип, дәрўазадан
шығарда "Енди қайсы группаға шығарыңды анық билип кел" деп жаўырныма бир түйди. Еңтерилип барып, тез-тез жүрип кеттим. Автобусқа, маршрутқа да минбедим. Усы үйден алыслағанша асықтым. Қуўанып киятырман, аяқ-қолым саў. Группаға шықпағаным болсын. 2 миллион сум менен денсаўлықты зорға аман алып қалдым.
Ериншеклик, қошжақпаслық, адамды ҳәр жолға салады екен. Усыдан кейин иске шынтлап кирисип, мийнет ислеп едим, кейиншелик бәри жақсы болып кетти. Жумысым да жүристи. Бала-шағам да жай. Денсаўлығым да жақсы. Тек Нийетбайдың сол баяғы жаўырнымнан түйген жери ара-арасында аўырып кетеди болғаны.