ДУРЫС ЖАСАЎ (сатиралық гүрриң)
Журналист танысынан газетаның өткен бир неше санларын алған Өтебай ғарры түслик пайыты оларды бирме-бир алып парақлады. Ғаррысының чайниктеги шайын үш мәрте қайтарып алдына қойған кемпири де газета алып үңиле баслады.
- Ўай-ўыў кемпир-ай, газиттиң гөне саны деген менен де көп жаңа нәрселерди билиўге болатуғын екен-ғо-яй,-деп Өтебай ғарры жаңалық таўғандай қуўжыңлап сөйледи. - Мынаны қара, шет елли алымлардың изертлеўинше, гөш жеў адам организмине зыян екен. Шет елли көп адамлар «дурыс өмир кеширемиз» деп гөш жемеўге өтип атырған. Бизлер базыда гөш алыўға пулымыз болмай «пай бала, гөш жей алмай атырмыз-аў» деп сарсылсақ, кемпир-аў, бираз ўақыттан берли дурыс жасап атырмыз екен-ғо.
Ғаррысының гәпин еситсе де итибар берместен газета оқып отырған кемпир де жаңалық таўды:
- Ғарры, өйппей, мынаған қараш, адам қанша көп пияда жүрсе, сонша өзине жақсы емиш. Буны да илимпазлар анықлапты. Шет елли адамлар пияда көп жүрмейтуғын болып кеткен, сол себепли дерлик бәри аяқ аўырыўына тап болмақта деп жазып қойыпты. Мениң де аяқларым қақсайтуғын болды, я аз жүрдим бе екен?
- Аўа да, 5-6 шақырым шықпайтуғын базарға маршрут пенен барасаң. Жаяў кет, ақшаны тежейсең деп бақырсам, «мениң денсаўлығымды ойламайсаң» деп тоңқылдайсаң. Со сени ойлап-ақ айтады екенмен-ғо,-деди Өтебай ғарры кеўли көтерилип. - Жаяў жүриў турысы пайда, билсең. Денеңе қан жуўырады. Алымлар биледи. Дурыс айтқан. Ендигиден баслап базарыңа, ҳәтте, жақын районлардағы мереке-тойларыңа да жаяў бар. Жүриси шыйрақ кемпир боласаң бир, мен де аяғыңды басыўдан қутыла қояман. Мине мен, күнде пенсия алыў ушын почтаға түске шекем бир, түстен кейин бир жаяў барып қайтаман. Дәслепки күнлери аяқларым қақсап, ҳаса таяғыма сүйенип, зорға барып қайтатуғын едим, енди почтаға қатнаў ҳәжетке қатнағаннан аңсат маған. Ҳасамды мәзи тек почташыны ураман деп қорқытыў ушын-ақ алып жүремен.
- Пай ғарры, қатырасаң-аў, қорқытаман деп, сонша қатнағаныңа пенсияңды алып келсең еди-аў, сүмирийип қайтып, үйге келип күшли боласаң.
- Енди не қыл дейсең, почташыны ҳасам менен урсам пул береди дейсеӊ бе?! Тилиң менен түйрейшиклей бермей мынаны есит,-деди ғарры кемпириниӊ шымшып алмай гәпин бөлип таслап, - япониялы алымлардың изертлеўинше, көздиң жақсы көриўи ҳәм кеселленбеўи ушын қараңғыда узақ отырыў керек екен. Көп жақтылық та көзге зыян емиш.
- Дурыс-ғо, қуяшқа қарап болып, бирден жерге қарасаң көп ўақытқа шекем көзиң көрмей турады,-деди кемпири газетадан көзин алмай отырып мақуллап.
- Пай садаған кетейин японлар-ай, жетик техникасы менен күни-түни ҳәмме жағын жақтыландырып таслағаннан көзлери көрмей атырған қусайды-аў. Биздеги тоқтың өшип турғанының да пайдасы бар екен-ғо онда! Сениң базарда картошка-пияз сатып отырғаныңда пул жыйнаўшыны алыстан көрип қашыўың, мына мениң почташының туў сыртынан-ақ бет әлпетин көрип, пенсия пул бары-жоғын билиўим усының пайдасы шығар?!
- Ғарры, мынаған қара, адам узақ жасаўы, жас көриниўи ҳәм аўырмаўы ушын суўық температурада көбирек болыўы керек екен. Бунысы да шынлыққа келеди. Мәселен, сен күн суйытыўы менен пышықтай өткен жылы салдырған печьтиң касынан шықпайсаң. Сөйтип жүрип барлық жерим аўырды деп ыңқылдайсаң жүресең. Базарда азаннан кешке суйықта турсақ та бизлер бир «үҳ-ҳи» демеймиз.
- Қой кемпир, «қатынның қырық жаны бар» деген. Мени жыллы орнымнан қозғама. Печь салмастан алдын көргенмен, суйықтың «рәҳәтин». Қысы менен газ болмай, суйықтан тоңғанымнан еки жағым сақылдап, неше мәрте шығып кете жазлады. Тап со жасармай-ақ қояйын, тоңып өлип қалғаннан жып-жыллы болып жан тапсырған жақсы. Оң жаққа қойған адамға да денең жағымлы тийеди .
- Қой-ш ғарры, қаяқтағыны айтпа.
Кемпир шайын ишиў ушын қолындағы газетасын бүклеп жыйнап, столдың астына қойып атырып:
- Ғарры деймен-аў, усы алымлардың айтқанлары рас болатуғын болса, бизлер дурыс жасап атырған екенбиз-ғо я?
- Ҳаў аўа деймен, өзиң қәнәәтсизленип, сарсыла бересең бир.
- Шүкиршилигим бар-аў. Сонда да арасында надурыс жасағың да келип кетеди екен.
- Әне кемпир, - деди Өтебай ғарры да қолындағы газетасын жыйнастырып атырып, - газит оқып турыў пайдалы. Көп нәрсе билип аласаң. Пенсиямнан усы бир газитке жазыламан, садағаң кетейин, кеўлимизди тоқ қылды.