
Латын әлипбесине өтейин деп атырғанымызға да бир талай жыл болып қалды. Қарақалпақстан Республикасының “Латын жазыўына тийкарланған қарақалпақ әлипбесин енгизиў ҳаққында”ғы Нызамы 1994-жыл 26-февральда қабыл етилген екен. Шерек әсир, 25 жыл болыпты! Мектеплерде латынша оқып, билим алған балаларымыз, ҳәтте, жоқары оқыў орнын питкерип, жумыс орынларына кирип, енди кириллше жазып жүр. Олай деўимиздиң себеби, ҳәзирги ўақытта оқыў орынларында билим бериў латынша, жумыс орынларында ис қағазлары кириллше жүритиледи. Латыншаға өтемиз бе яки кириллшеде қаламыз ба, бул мәселе қашан шешиледи, мен ол жағын билмеймен. Мениң қозғамақшы мәселем басқа.